Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласының ең шетки аймақларының бири болған Бестөбе МПЖ пуқаралары менен ушырасты
1461
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы алыс аймақлар турғынлары менен ушырасып, олардың машқалаларын шешиў бойынша орынларда көлемли жумыслар алып барып атыр.
Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласының шетки аймақларының бири болған Бестөбе МПЖ пуқаралары менен ушырасып, олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларын тыңлады.
Атап өтиў орынлы, Бестөбели пуқаралар машқалаларына әмелий шешим табыў бойынша барлық министрлик, басқарма ҳәм шөлкем басшылары да бирге барды ҳәм пуқаралардың мүражатлары үйренилди.
Ушырасыўда пуқаралар тәрепинен аймақта медициналық хызмет көрсетиў, жол инфраструктурасын жақсылаў, балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қамтып алыў дәрежесин арттырыў ушын бақша имаратының қосымша бөлегин оңлаў ҳәм жаңа топарларды шөлкемлестириў, МПЖдан шығыўшы жолаўшылар ушын бәндиргилерди орнатыў, кем тәмийинленген пуқаралардың турақ жайларын оңлаў, контракт пулларын төлеўге жәрдем, социаллық қоллап-қуўатлаў сыяқлы мәселелер билдирилди.
Мүрәжатлардың көпшилиги сол орынның өзинде шешимин тапты. Атап айтқанда, бақша имаратының қосымша бөлегин оңлаў ҳәм жаңа топарларды шөлкемлестириў, МПЖдан шығыўшы жолаўшылар ушын бәндиргилерди орнатыў, контракт пулларын төлеп бериў, медициналық хызмет көрсетиўди жақсылаў сыяқлы мәселелерди тез пурсатта орынлаў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди. Ўақыт талап етилетуғын мәселелер Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды ҳәм тез арада унамлы тәрепке шешилетуғынлығы билдирилди.
Инсан қәдири жоқары болған елимизде ҳәр бир машқала сапластырылыўы ҳәм пуқараларды қыйнап киятырған мәселелер өз шешимин табыўы керек. Усы мақсетте әмелге асырылып атырған ийгиликли басламалар ҳәм әмелий жумыслар даўам еттирилмекте.
Әлбетте бул жумыслардың барлығы халқымызға мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў, олардың бүгинги күнинен кеўилли ҳәм ертеңги күнине исеним менен жасаўын тәмийинлеўден ибарат.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети