“Ең китапқумар мектеп” таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды

9-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында “Ең китапқумар мектеп” таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы илаж өткерилди.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығыңың орынбасары А.Давлетов ашып берди ҳәм Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде бүгинги күнде жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, оларды кәмил инсанлар етип тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

Бул бағдарда Президентимиз тәрепинен бир қатар қарар ҳәм пәрманлардың қабыл етилгенилиги, мәмлекетимизде кеңнен ен жайып атырған 5 әхмийетли басламаның бири – китапқумарлықты раўажландырыў бойынша бир қатар жумыслардың әмелге асырылып атырғанлығы, китапқумарлықты угит-насиятлаў мақсетинде китап ярмаркалары, таңлаўлар тураклы түрде шөлкемлестирилип атырғанлығы үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Республикамызда өткерилген “Ең китапқумар мектеп” жойбары да мине усындай ийигиликли ислерден бири болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў, Ишки ислер министрликлери, “Китап маркази” – “Китап дуньясы” тармақ саўда орайлары ҳәмде  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси тәрепинен “Еӊ китапқумар мектеп” жойбарының Қарақалпақстанда өткерилген илажларында республикамыздағы 721 мектеп, 350 мыӊнан аслам оқыўшылар ҳәмде олардыӊ ата-аналары қатнасты. Жойбар шөлкемлестириўшилери ең шетки аймақларға дейин барып, қарақалпақ ҳәм өзбек тиллериндеги 1500 атамадағы 200 мыӊнан аслам балалар әдебияты, көркем шығармаларды оқыўшыларға жеткерип берди.

“Ең китапқумар мектеп” таңлаўында Шоманай районы Халық билимлендириў бөлими – “Ең китапқумар район” номинациясында жеңимпаз болып, “Нексия-3” автомобили, Төрткүл районындағы 68-мектеп, Нөкис қаласындағы 37-мектеп жәмәәтлери “Ең китапқумар мектеп” номинациясында жеңимпаз болып, ҳәр бири “Спарк” автомобили менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, таңлаўда “Ең китапқумар оқыўшы”, “Ең белсенди китапханашы”, “Ең китапқумар мектеп директоры”, “Ең белсенди ҒХҚ хызметкери” сыяқлы бир қатар номинация жеңимпазларына диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды. Нөкис қаласындағы 37-санлы мектепке 140 орынға мөлшерленген қосымша имарат қурып бергенлиги ушын Б.Утемуратов Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен “Таълим ҳомийси” көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети,
М.Ҳабибуллаев түсирген сүўретлер