ҚУТЛЫҚЛАЎЛАР

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов 66 жасын қарсы алмақта.

Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы парламенти, ҳүкимети ўәкиллери, министрлик ҳәм мәкемелер басшылары, ўәлаят, қала ҳәм районлар ҳәкимлери, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер шын кеўилден қутлықлап, өзлериниң жақсы тилеклерин билдирмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, Қарақалпақстан халқының абадан турмысын тәмийинлеў, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратып атырған айрықша итибарын жоқары баҳалап, бул бағдарда әмелге асырып атырған ийгиликли ислеринде тасқын табыслар тилемекте.

Қутлықлаўлар келиўи даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети

Сүўрет: senat.uz