Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықлаў ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының   6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы  Қ А Р А Р     Е Т Е Д И :  Елимиз ғәрезсизлигин беккемлеўдеги, оның экономикалық потенциалын арттырыўдағы, тараўларда жүргизилип атырған реформаларды табыслы әмелге асырыўдағы нәтийжели хызметлери, елимизди ҳәр Толық мағлыўмат →

100 студент ҳаял-қызлардың бир жыллық шәртнама төлемлери төлеп бериледи

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 19-июль күни қабыл етилген арнаўлы қарары тийкарында жоқары оқыў орынларында шәртнама тийкарында билим алып атырған ата-анасынан ямаса олардыӊ биринен айырылған социаллық қорғаўға мүтәж қызлар ҳәм бағыўшысынан айырылған жалғыз баслы ҳаял-қызларға бир жыллық шәртнама төлемлери Толық мағлыўмат →

Қарақалпақ тилин жəне де раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў бойынша әҳмийетли қарар

2021-жыл 16-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының «Қарақалпақ тилин жəне де раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бәршеге мәлим, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2020-жыл 3-ноябрьдеги «Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайын ҳәм орнын және Толық мағлыўмат →

Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен бир қатар тараў хызметкерлерин Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықлаў ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары  Елимиздиң социаллық-экономикалық, жәмийетлик-сиясий ҳәм мәдений турмысында жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўларды кең жәмийетшиликке жеткериўдеги белсендилиги, халықтың руўхый дүньясын байытыўдағы пидайылығы, өз кәсибине болған садықлығы ушын төмендегилер ҳүрметли атақ ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықлансын: Толық мағлыўмат →

Қарақалпақстан Республикасындағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларыныӊ ескирген ҳәм өз әҳмийетин жойтқан нормативлик түстеги қарарларын бийкарлаў ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары  Өзбекстан Республикаси Президентиниӊ «Өз әҳмийетин жойтқан нызамшылық ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў системасын енгизиў арқалы мәмлекетте исбилерменлик орталықты жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2020-жыл 27-сентябрьдеги ПП–6075-санлы Пәрманыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 70-статьясының 12-бәнтине ҳәм «Қарақалпақстан Толық мағлыўмат →

Меҳрибанлық үйиниң тәрбияланыўшылары қоллап-қуўатланбақта

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарарына муўапық Республикалық 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»не 57 миллион сўмнан артық қаржы ажыратылды. Елимизде социаллық қорғаўға мүтǝж халықты, соның ишинде жетим ҳǝм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып, бул бойынша бир қатар илажлар Толық мағлыўмат →

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң материаллық-техникалық базасы беккемленеди

Усы жылдың 28-январь сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының “Қарақалпақстан хабар агентлигиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди. Қарақалпақстан хабар агентлиги мәмлекетлик ҳәм республикалық әҳмийеттеги рәсмий хабарларды, жәмийетлик-сиясий турмыстағы ҳәмде барлық тараўлардағы жаңалықларды, оператив материалларды тарқатып киятырған республикамыздағы Толық мағлыўмат →

Мәмлекетлик сыйлықлар тапсырылды

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң пәрманларына муўапық, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 29 жыллық байрамы қарсаңында елимиз ғәрезсизлигин беккемлеўге ҳәм оны раўажландырыўға қосқан мүнәсип үлеси, жәмийетлик жумысларда белсене қатнасқаны ушын бир топар жерлеслеримиз ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар, сондай-ақ. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Толық мағлыўмат →

253 студенттиӊ бир жыллық шәртнама төлемлери төлеп берилмекте

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында пандемия дәўиринде елимизде социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2020-жыл 14-декабрь күнги арнаўлы қарары тийкарында Қарақалпақстандағы 9 жоқары Толық мағлыўмат →

«Qaraqalpaq tiliniń orfografiyalıq sózligi» китабы баспадан шығыў алдында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ арнаўлы қарары тийкарында белгили илимпазлар М.Даўлетов ҳәм Ш.Абдиназимовлардың авторлығындағы «Qaraqalpaq tiliniń orfografiyalıq sózligi» китабы басып шығарылады. Тил – миллеттиң бийбаҳа байлығы. Оның өзлигин көрсететуғын, миллийлигин, тарийхын, мәдениятын, руўхый дүньясын сәўлелендиретуғын қуралы. Оны қәстерлеп-абайлаў – ҳәр Толық мағлыўмат →