Қарақалпақстан жылдың ең перспективалы туристлик дестинациясы сыпатында тән алынды

Ташкент қаласындағы CAEx көргизбелер комплексинде «Жипек жолында туризм» 31-Ташкент халықаралық туризм ярмаркасы — «TITF–2026» өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы туризм тараўы ўәкиллери де белсене қатнасты.
Халықаралық ярмарка шеңберинде Қарақалпақстан Республикасының көргизбе павильонында аймақтың бай мәдений мийрасы, миллий дәстүрлери, көркем өнери менен туристлик потенциалы көрсетилди ҳәм павильонға келиўшилерде үлкен қызығыўшылық оятты.
Ярмаркада Қарақалпақстаннан 30 жергиликли исбилермен қатнасып, туризмниң түрли бағдарларында сырт елли шериклер менен сөйлесиўлер алып барды. Ушырасыўлар жуўмағында 78 бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылды.
Сондай-ақ, сырт ел инвесторлары менен улыўма баҳасы 184 миллион АҚШ долларына тең болған 3 жаңа инвестициялық жойбарды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилип, тийисли меморандумларға қол қойылды. Бул жойбарлар аймақта заманагөй дем алыў ҳәм кеўилашар хызметлердиң көлемин кеңейтиў, туристлер ҳәм жергиликли халық ушын жаңа имканиятлар жаратыўға қаратылған.
Ярмарка шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы «Жылдың ең перспективалы туристлик дестинациясы» номинациясы бойынша сыйлықланды. Бул аймақтың туристлик потенциалы, өзине тән мәдений мийрасы ҳәм туристлик имканиятларына болған халықаралық қызығыўшылықтың және бир көриниси болып есапланады.


