Исбилермен Кужахметов Азизбек «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды

Кеше ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев транспорт-логистика тараўындағы инвесторлар ҳәм исбилерменлер менен ушырасқан еди.
Онда видеобайланыс арқалы Қарақалпақстаннан тараў жуўапкерлери, исбилерменлер қатнасты.
Ушырасыўда жәмийетлик транспорт системасын заманагөй талаплар тийкарында раўажландырыў, халыққа қолайлы ҳәм сапалы хызмет көрсетиў бағдарында әҳмийетли инвестициялық жойбарларды әмелге асырып атырғаны, өзиниң излениўшеңлиги ҳәм басламашылығын көрсетип, тараўды жаңа басқышқа алып шығыўда айрықша өрнек ҳәм үлги болып атырғаны ушын «Sapsan trans Nukus» ЖШЖ кәрханасы баслығы Кужахметов Азизбек Миратович «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды.
Бүгин ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы пәрманы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов республика мәкеме-шөлкем басшылары, жәмийетшилик ўәкиллери қатнасыўында Кужахметов Азизбек Миратовичке «Дўстлик» орденин тапсырды.

