Елликқала районы ғәллекешлери мәмлекетке ғәлле тапсырыў бойынша шәртнама режесин артығы менен орынлады
1774
Елликқалалы ғәллекешлер Қарақалпақстанда бириншилер қатарында мәмлекетлик шәртнама режесин артығы менен (104,1 %) орынлады. Быйыл жетистирилген ғәлле зүрәәтинен район бойынша жәми 7302 тонна мәмлекетке дән сатыў шәртнамасы дүзилген болып, бүгин ройын ғәллекешлери 7604 тонна ғәлле тапсырды. 2020-жылғы зүрәәт ушын районда 224 фермер хожалықлары менен контрактация шәртнамалары дүзилип, 3350 гектар майданға ғәлле (тийкарғы майданларға аср ҳәм краснодар сортлары) егилди.
Сондай-ақ, райондағы 15 фермер хожалықлары тәрепинен 279 гектар майданға туқымлық ғәлле таярлаў ушын аср, краснодар сортларының супер элита ҳәм де элита сортлары егилип, келеси жылғы зүрәәт ушын ғәлле егилетуғын майданға талап етилетуғын 838 тонна сапалы туқымлық ғәлле таярланды. Орым-жыйын жумысларын шөлкемлестириўшилик пенен алып барыў, жетистирилген ғәллени зая етпестен орып-жыйнап алыў бойынша районда 14 та орым-жыйын отрядлары дүзилип, оларға 14 жоқары өнимдарлы комбайнлар, 40 дән тасыў техникалары, 14 көшпели устаханалар ҳәм басқада техника қураллары бириктирилди.
Районның бундай жетискенлигине аймақтағы “Гулдурсин парвози”, “Наргиза Дилноза” “Сахтиён азамати”, Гулдурсин олтин толаси”, Аму марди”, “Сарабий талчи”, “Қилчиноқ аброри” “Бустонли Аббосбек”, “Бустон 18” фермер хожалықлары мүнәсип үлес қосты.
Елликқалар районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети