Жоқары оқыў орынларында коррупцияға қарсы гүресиў мәселелерине бағышланды
1809
4-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде республикамыздағы жоқары оқыў орынларында коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыў барысын үйрениў нәтийжелерине бағышланған мәжилис болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети тәрепинен шөлкемлестирилген илажда Жоқарғы Кеңес депутатлары, жоқары оқыў орынларының басшы ҳәм жуўаплы хызметкерлери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитет баслығы З.Реймова ашты ҳәм басқарып барды.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында соңғы жылларда мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстың барлық тараўларында коррупциогенлик факторларға шек қойыўға қаратылған кең көлемли реформалар избе-из әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-июнь күнги “Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы бул бағдардағы жумысларды жәнеде жетилистириўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети тәрепинен тийисли тараў қәнигелери менен бирге жәмийетимизде коррупцияға қарсы гүресиў, мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигиндеги ўазыйпалар ҳәм функцияларды орынлаўда жүзеге келетуғын коррупцияға байланыслы жағдайларды сапластырыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, усы жылдың февраль айында Қарақалпақстан Республикасында Жоқары оқыў орынларында коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыў барысы исши топар ағзалары менен биргеликте үйренилди.
Үйрениў даўамында Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларында коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылған унамлы жумыслар менен бирге бир қатар кемшиликлер анықланды. Айырым жоқары оқыў орынларында «Коррупцияға қарсы гүресиў» атамасындағы үгит-нәсият қураллары жоқлығы, әдиллик қутысы орнатылмағанлығы, оныкөрип шығыў сыяқлы мәселелерди тәртипке салыўшы ҳүжжетлер жоқлығы анықланды. Үйрениў даўамында жоқары оқыў орынларының Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алып барып атырған жумыслары бойынша устаз ҳәм студентлеринен аноним сораўнамалар алынды.
Мәжилисте үйрениў жуўмағы сын көз-қарастан талқыланып, анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша жоқары оқыў орынлары басшы ҳәм жуўаплы хызметкерлери тапсырмалар берилди. Қатнасыўшылар өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети