«Парламент ойынлары» спорт жарысларының аймақлық басқышы жуўмақланды

Нөкисте «Парламент ойынлары» спорт жарысларының аймақлық басқышы болып өтти. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң 2020-жыл 30-декабрьдеги қарарына муўапық, сенаторлар ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзаларының денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўын тәмийинлеў,  халық Толық мағлыўмат →

“Жаңа Ɵзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!” сүрени астында концерт бағдарламасы болып өтти

Нөкис қаласындағы Амфитеатрда “Жаңа Ɵзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!” сүрени астында концерт бағдарламасы болып өтти. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов,  сондай-ақ, Олий Мажлис Сенаты, ҳүкимет, министрлик ҳәм мәкемелер, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Илажда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының Толық мағлыўмат →

Жәмийетлик фондтың рәсмий сайты ҳәм телеграм каналы иске түсти

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фондының  fondrk.uz – рәсмий сайты ҳәмде https://t.me/QR_JAMOAT_FONDI – рәсмий телеграм каналы иске түсти. Сиз бул рәсмий дереклер арқалы фонд тәрепинен жәрияланған таңлаўлар, Толық мағлыўмат →

ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС БАСЛЫҒЫ МЕКТЕП ПИТКЕРИЎШИЛЕРИН ҚУТЛЫҚЛАДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов пайтахтымыздағы 46-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде өткерилген соңғы қоңыраў илажында қатнасты. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимни атқарылды. Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы 25-май – мектеп питкериўшилериниң қәдирли мектеби, меҳрийбан устазлары менен хошласып, Толық мағлыўмат →

Ҳаял-қызлардың машқалалары додаланды

Усы жыл 20-май күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитетиниң Қарақалпақстан Республикасында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға  бағышланған мәжилиси болып өтти. Видеоконференцбайланыс тәризинде өткен илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Толық мағлыўмат →

ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС БАСЛЫҒЫ НАЎҚАС БАЛАЛАРДЫҢ ҲАЛЫНАН ХАБАР АЛДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалында болды. Филиалда шөлкемлестирилген студия арқалы Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында  онкология системасын жетилистириў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде қатнасты. Мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы Толық мағлыўмат →

Қарақалпақстан Республикасындағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларыныӊ ескирген ҳәм өз әҳмийетин жойтқан нормативлик түстеги қарарларын бийкарлаў ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары  Өзбекстан Республикаси Президентиниӊ «Өз әҳмийетин жойтқан нызамшылық ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў системасын енгизиў арқалы мәмлекетте исбилерменлик орталықты жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2020-жыл 27-сентябрьдеги ПП–6075-санлы Пәрманыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 70-статьясының 12-бәнтине ҳәм «Қарақалпақстан Толық мағлыўмат →

ТАҚЫЯТАС РАЙОНЫНДА МЕДИЦИНАЛЫҚ ДИАГНОСТИКА ОРАЙЫ ҲӘМДЕ ТИГИЎШИЛИК ЦЕХЫ АШЫЛДЫ

Тақыятас районында “Тақыятас ЫЭС” АЖ не қараслы медициналық диагностика орайы ҳәмде тигиўшилик цехы имаратының ашылыў мәресими болып өтти. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқаргы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Министрлер Кеңесиниң баслығы Қ.Сариев, Азия раўажланыў банки, Ыссылық электр станциялары акционерлик жәмийети, Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты Толық мағлыўмат →

ЕСЛЕЎ БАР ЕКЕН МИЛЛЕТ ЖАСАЙДЫ

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 76 жыллығы  белгиленди. Пайтахтымызда байрам мүнәсибети менен өткерилген ушырасыў қатнасыўшылары онлайн видеобайланыс арқалы Ташкент қаласында шөлкемлестирилген Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң Толық мағлыўмат →

АЛЛАЯР ДОСНАЗАРОВ ҲӘМ ҚАРАҚАЛПАҚСТАННЫҢ ЖАҢА ТАРИЙХЫ

8-май күни пайтахтымызда елимиздиң уллы перзенти, мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Аллаяр Досназаровтың 125 жыллығына бағышланған “А.Досназаров ҳәм Қарақалпақстанның жаңа тарийхы” атамасында республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти. Дәслеп Аллаяр Досназаровтың бюстине гүлшеңбер қойыў мәресими өткерилип, онда  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Толық мағлыўмат →