Республикамыздың суў жетип барыўы оғада қыйын болған алыс аймақларында жасаўшы пуқараларды ишимлик суўы менен тәмийинлеў, олардың күнделикли турмысында пайдаланыўы ушын суў жеткерип берилиўин жолға қойыў мақсетинде Жоқарғы Кеңес Баслығының басламасы менен 9 дана бурғылаўшы техникалар яғный 4 дана УРБ 25 маркалы ҳәм 6 дана УРБ 600 маркалы жоқары технологиялы үскенелер Қарақалпақстанға алып келинген еди.
Усы жылдың 18-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Тахтакөпир районы Белтаў АПЖ аймағында артезиан қудықларын қазыў ҳәм жер асты суўларынан нәтийжели пайдаланыўға арналған семинар өткерилип, ишимлик суўыда машқала болған Белтаў пуқараларын суў менен тәмийинлеў жумыслары баслап жиберилген еди.
Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы усы жумыслардың нәтийжесин көриў ушын аймақта болды.
Еки ай ишинде басланған жумыслар өзиниң унамлы нәтийжесин берип, Белтаў аўыл пуқаралар жыйыны турғынларын суў менен тәмийинлеў мақсетинде тереңлиги 520 метрли артезиан қудықлары қазылып, душшы жер асты суўлары шығарылды.
Ҳәзирги ўақытта үш орында қудық көзлери ашылған болып, аймақ турғынлары ушын оғада әҳмийетли болған тиришилик дереги ишимлик суўы үзликсиз ағып тур ҳәм оннан пайдаланылып келинбекте. Сондай-ақ, жер асты суўлары аўыл шетинде жайласқан жасалма көлге бағдарланып ағызылып, пуқаралардың күнделикли тутыныўы ушын суў резерви жаратылған. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев барлық әмелге асырылған жумысларды көзден өткерди.
Аўыл турғынлары қыстың қыраўлы күнлери алдынан ишимлик суўы менен тәмийинленгенинен шексиз миннетдар. Өйткени аймақта жасаўшылардың тийкарғы кәсиби шарўашылық.
Шарўа ушын әлбетте ең зәрүрлиси суў.
Ҳәзирги күнде бул машқалада толық сапластырылды.
Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы капитал оңлаў жумыслары алып барылып, қайта иске қосылған 624 орынлы 15-санлы мектеп турмысы менен жақыннан танысты. Бул жерде мектеп балалары ушын жаратылған имканиятлар көзден өткерилип, балалардың қысқы мәўсимде жыллы орында билим алыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар көлеминде мектептиң жылытыў системасы, жаратылған көмир қорлары көрип шығылды.
Белтаў турмысы менен танысыў даўамында аймақтағы 140 орынға мөлшерлеп қурылған 13-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияланып атырған балаларға жаратылған имканиятлар көзден өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев аўыл турмысы менен танысыў даўамында жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан да хабар алды. Өз нәўбетинде бул шаңарақларға қыстан бийзыян шығыўын тәмийинлеў мақсетинде азық-аўқатлық өнимлер, тутыныў буйымлары берилди.
Бүгинги күнде елимизде пуқараларымызды бүгинги турмысынан разы етиў, олардың турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў бойынша алып барылып атырған «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарындағы жумыслар ең шетки аймақ турғынлары шаңарақларына да жетип барып, Президентимиз айтқанындай ертең емес, узақ келешекте емес, бүгин жақсы жасаўы жолындағы жумыслар даўам еттирилип атыр.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети