«Aral» futbol komandasına jańa mikroavtobus tapsırıldı
«Aral» futbol komandasına jańa mikroavtobus tapsırıldı
1045
Бүгин 29-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев “Арал” командасы футболшылары менен ушырасты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы футбол командасы ағзалары ҳәм тренерлерин "Арал" командасының «Про Лига»да ойнаў имканиятын жеңип алғанлығы ҳәм кирип киятырған "Жаңа жыл" байрамы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.
Онда бүгинги күнде елимизде спорт тараўын раўажландырыўға, жасларды озық ойлы, физикалық жақтан шыныққан етип тәрбиялаўға қаратылып атырған итибар, жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында сөз етилип, командадан еле де жоқары нәтийжелер күтилетуғынлығы атап өтилди.
Буннан соң футбол командасына жаңа микроавтобус тапсырылды.
Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети