Áskeriy taraw wákilleri Nókis kalasındaǵı 10 dala asxanasında watanlaslarımızǵa ıssı awqat bólisti
1434
Суўық ҳаўа райы шараятында пуқараларымыз халынан хабар алыў, суўық күнлерде көшеде ҳәм басқа орынларда мийнет етип атырған инсанларға бираз болса да жыллылық бөлисиў, социаллық қорғаўға мүтәж болғанларға жәрдем қолын созыў мақсетинде Президент Шавкат Мирзиёевтың тапсырмасы менен орынларда ысытыў пунктлери ҳәм әскерий дала асханалары шөлкемлестирилип, халқымызға хызмет ете баслады.
Соннан, Нөкис қаласындағы «Қоскөл – 1, 3, 4», 21-киши район, «Шымбай гүзары», «Айдын жол», «Анасай», Қызылқум ҳәм «Жеке терек» мәҳәллелери, сондай-ақ, «Жайҳун-үшқудық» көшесинде шөлкемлестирилген 10 әскерий дала асханасында күнине 100 кг.ға шекем палаў таярланып, ыссы шай бөлисилмекте.
Халқымызға тән аўызбиршилик, кеңпейиллик, сыяқлы жоқары инсаныйлық пазыйлетлер, әлбетте усындай сынаўлы күнлерде көбирек сезиледи. Бул инсаний пазыйлетлер әсирлер даўамында сақланып, уллы қадрият сыпатында айрықша қәдирленеди.
Ўатанласларымызға жыллылық бөлисиўди мақсет еткен Арқа-Батыс әскерий акруг әскерий хызметшилери Нөкис қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басшылығында 10 орында әскерий дала асханаларын шөлкемлестирилди. Қазан-ошақ ҳәм басқа да зәрүрли дәскелер орнатылып, түсликке миллий тағамымыздың бири болған палаў таярланып атыр. Тигилген шадырлар ишлери ысытылып, стол-стуль, ыссы шай, мобиль қурылмаларды зарядлаў орынлары таярланды. Бул орынларда хызмет етиў ушын әскерий округы тәрепинен 50 әскерий хызметши ажыратылды.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен керекли азық-аўқат өнимлери жеткерип берилип, мәҳәлле турғынлары, абаданластырыў ҳәм басқа да тараў хызметкерлери, сондай-ақ, социаллық жәрдемге мүтәж болған пуқаралар ушын аўқат таярланды.
Бундай итибар ҳәм ғамқорлықтан рухланған аймақ турғынларының кейпиятының көтерилгени «Халық ҳәм армия бирге» деген ийгиликли идеяның әмелий көриниси болды.
Қыстың сынаўлы күнлеринде ўатанласларымызға қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде шөлкемлестирилген бундай қай ыр-сақаўат илажлары даўам етеди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети