Joqarǵı Keńes Baslıǵı Taqıyatas rayonın rawajlandırıw baǵdarındaǵı jumıslarǵa arnalǵan májilis ótkerdi
1661
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәраматын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәжилис өткерди.
Онда барлық жуўапкер ўәкиллер, тийисли басшылар ҳәм район белсендилери қатнасты.
Болып өткен мәжилисте өткен жылы Тақыятас районында өткерилген мәжилисте берилген тапсырмалардың орынланыўы, ерисилген әмелий нәтийжелер ҳәм жол қойылған қәте-кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.
Айтып өтиў орынлы, 2022-жылда өткерилген мәжилисте мәмлекетлик бағдарламалар, берилген тапсырмалардың орынланыўында жол қойылған қәте-кемшиликлер ушын бир қатар лаўазымлы шахсларға интизамый жаза шарасы қолланылған еди.
Бүгинги болып өткен мәжилисте сын көз қараста алып барылып, тийкарғы мақсет халқымыздың жасаў шараятын жақсылаў, барлық әмелге асырылып атырған жумыслар “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында алып барылып атырғанлығы ҳәм бул жолда ҳәмме бирдей аўызбиршиликли түрде халық ийгилиги ушын деген аўыр жүкти көтериўде ийинлесип, биргеликте жумыс алып барыў керек екенлиги атап өтилди.
Тақыятас районында халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, дәраматын арттырыў, кәмбағаллықтан шығарыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәселелеринде бир қатар кемшиликлерге жол қойылған. 2022-жылда “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажырытылыўы режелестирилген жеңиллетилген кредит қаржыларының өзлестирилиўи тәмийинленбеген, жаңадан шөлкемлестириў белгиленген киши бизнес субъектлериниң болса жумыс баслаўы жолға қойылмаған.
Елимизде “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырған болып, Тақыятас районында да бул бағдарда кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тамийинлеў бойынша баслы ўазыйпалар Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен белгилеп берилди.
Атап айтқанда, “Мәҳәллебай” ислеў арқалы халықтың дәрамат дереклерин көбейтиў, кем тәмийинленген пуқараларға исбилерменлик жумысын баслаў ушын ажыратылған жеңиллетилген кредитлер толық өзлестирилиўин тәмийинлеў, “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында жеңиллетилген кредит қаржыларын ажыратыў, жаңа перспективалы киши бизнес субъектлерин шөлкемлестириў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў, районға жаңа инвестициялар киргизиў мақсетинде жойбарларды әмелге асырыў, экспорт прогнозы көрсеткишлериниң толық орынланыўын тәмийинлеў сыяқлы бир қатар жөнелислер белгилеп алынды.
Сондай-ақ, ҳәр бир мәҳәлледе жаңа жойбарлардың иске түсирилиўин тәмийинлеў мақсетинде тиккелей пуқаралар менен ислесиўши ҳәким жәрдемшилери менен бир қатарда ҳаял-қызлар белсендилери, жаслар жетекшилерине де ўазыйпалар белгиленди.
Өткерилген мәжилисте өз жумысларын атқарыўда бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойғанлығы ҳәм ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын мәҳәллебай ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы баслығына интизамый жаза шарасы қолланылып, Тақыятас районы ҳәкиминиң Экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасарына қатаң ескертиў берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети