Joqarǵı Keńes Komitetiniń májilisi ótkerildi
921
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң мәжилиси өткерилди.
Мәжилисти Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы З.Реймова алып барды.
Күн тәртибинде мәселелер бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап қуўатлаў министрлиги, Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы есабатлары ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министрлигиниң мәлимлемеси тыңланды.
Мәжилис даўамында күн тәртибиндеги мәселелер толығы менен қарап шығылып, тийисли шешимлер қабыл етилди. Соның менен бирге, Концепция бойынша жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ўазыйпалары белгиленген тийисли мәмлекетлик уйымлардың бүгинги күндеги жумыслары сын көз қараста талқыланды.
Атап өтилген мәселе бойынша усыныслар берилип, бул жумыслардың алдағы ўақытта қатаң қадағалаўға алынып, ҳәр шерек жуўмағы менен турақлы рәўиште Жоқарғы Кеңес тәрепинен қөрип шығылатуғынлығы белгиленди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети