Kegeyli rayonında jańa júzim maydanları jaratılıp atır
1019
Ферғана ўәлаятының бағманлары әзелден өзлериниң жүзимшилик бойынша бай тәжирийбелери менен республикамызға белгили.
Ферғана тәжирийбесин Кегейлиде ен жайдырыў мақсетинде "NEW VINEYARD START" ЖШЖ не Абат аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан аукцион саўдасы тийкарында 2000 гектар жер ажыратылып, атыз майданлары қайта өзлестирилди.
Соннан, усы жылдың гүз мәўсиминде 160 гектар майданға "Испан" сортлы жүзимлерди егиў режелестирилген болып, бүгинги күнде 200 000 түп жүзим нәллери районға алып келинген ҳәм нәл отырғызыў жумыслары баслап жиберилген.