Watan qorǵawshıları kúni múnásibeti menen bayram saltanatı bolıp ótti
1400
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық әскерий тараў хызметкерлери, ветеранлар ҳәм пүткил халқымызды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиз, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы тәрепинен тараўға қаратылып атырған үлкен итибар айрықша атап өтилди.
Айтып өтиў орынлы, миллий армиямыздың шегараларымыздың қәўипсизлигин, Ўатанымыз тынышлығын тәмийинлеўдеги мийнетлери теңсиз. Ўатан қорғаўшыларымыз бар екен, елимиз тыныш, аспанымыз ашық, халқымыздың абаданлығы ҳәм татыўлығы даўамлы болады.
Өткерилген байрам салтанатында әскерий тараў хызметкерлериниң жоқары пазыйлетлери, халқымыз бенен бирге тыныш-татыў турмысымызды тәмийинлеў жолындағы барлық хызметлери атап өтилди.
Байрам салтанаты әскерий тараў хызметкерлери ҳәм көркем өнер тараўы шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети