Belsendi hayal-qızlarǵa «Itibar-2024» sıylıǵı tapsırıldı
1578
Бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Итибар-2024» сыйлығын тапсырыўға арналған салтанатлы илаж өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларға деген итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген болып, усы тийкарда олардың жәмийетлик-сиясий турмысымызда белсендилиги артып, барлық тараўларда жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте. Соны да айрықша айтыў керек, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар даўам еттирилип, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке тартыў бағдарында көплеген жеңилликлер берилмекте, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларымыз материаллық ҳəм руўхый жақтан қоллап-қуўатланып атыр.
Бүгинги өткерилген илажда елимиздиң социаллық-экономикалық ҳəм жəмийетлик-сиясий турмысында белсендилик кѳрсеткен, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында нәтийжели жумыс алып барып атырған ҳаял-қызларымыздың хызметлери баҳаланып, оларға «Итибар-2024» сыйлығы тапсырылды. Сондай-ақ, «Жыл ҳаялы» ҳәм «Гендер теңлик белсендиси» таңлаўларының Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеӊимпазлары сыйлықланды. Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.