«Do'stlik» ordeni óz iyesine saltanatlı túrde tapsırıldı
810
Күни кеше Президентимиз басшылығында қыйтақ жерде ҳәм ижараға берилген егислик жерлерде дәраматлы өним жетистириўдиң жаңа системасы бойынша мәжилис өткерилген еди. Онда республикамыздың шетки аймақларынан бири болған Қараөзек районы «Мәденият» АПЖ аймағында жасаўшы қыйтақ жер ийеси Генжемурат Турдымуратов «Дўстлик» орденине мүнәсип деп табылды. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районында Президентимиздиң пәрманы менен «Дўстлик» орденин өз ийесине салтанатлы түрде тапсырды. Өз нәўбетинде, Г.Турдымуратов азғана мийнетине болған айрықша итибар ушын ел басшымызға терең миннетдаршылығын билдирди.
Айтып өтиў орынлы, ол Қарақалпақстан шараятында ең арқа аймақлардың биринде азғана жерден мол өним алыўды жолға қоя алған мийнеткеш инсанлардан бири. Өзине тийисли 29 сотих жер майданында 2019-жылдан берли ыссыханада аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў менен шуғылланып келмекте. Дәслеп, өз жумысын 1 сотихлы ыссыханадан баслаған болса, бүгинги күнде 8 сотихлы ыссыханада овощ өнимлери ҳәм нәллерин жетистирип атыр. Исбилерменлик ушын ажыратылған 33 млн. сумлық жеңиллетилген кредит есабынан шөлкемлестирилген ыссыханаларында 8 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеп, бир неше мәрте өним алыў арқалы дәраматлы болыўына жәрдем берип атыр. Әлбетте, Генжемурат Турдымуратовтай қыйтақ жер ийелериниң азғана жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм өз шаңарағы дәраматын арттырыў бағдарындағы мийнетлери көпшиликке үлги бола алады десек алжаспаған боламыз.