“IT-Park” joybarınıń ekinshi basqıshına start berildi
Prezident Shavkat Mirziyoev 21-oktyabr kúni paytaxtımızdıń Mırza Ulıǵbek rayonında jaylasqan IT-parkke barıp, joybardıń ekinshi basqıshına tırnaq tasın qoyıw máresiminde qatnastı.
Еки жыл алдын 200 миллион доллар инвестиция есабынан бул жойбардың биринши басқышы әмелге асырылған еди. Дерлик 4 гектар майданда 20-25 қабатлы 6 офис имараты ҳәм заманагөй конгресс-холл қурылды.
Бул жерде қәнигелер ушын барлық шараятлар жаратылған, перспективалы стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде инкубация ҳәм акселерация бағдарламалары шөлкемлестирилген. Мәлимлеме технологиялары, финтех, логистика, электрон коммерция, электрон билимлендириў, биотехнология ҳәм басқа да бағдарлардағы жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.
Ҳәзирги күнде “IT-Park” резидентлериниң саны 3 мың 200 компанияға жетти, оларда 14 мыңнан аслам қәниге жумыс алып бармақта. Өткен жылы резидентлер тәрепинен 1 миллиард 600 миллион долларлық хызмет көрсетилген болса, усы жылдың жуўмағы менен бул көрсеткиш 2,5 миллиард доллардан артыўы күтилмекте.
Экспорт көлеми болса биринши мәрте 1 миллиард долларлық шектен артыўы режелестирилген.
“Өзбекстан – 2030” стратегиясына муўапық, 300 мыңнан аслам жасларды мәлимлеме технологиялары тараўында жоқары дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў мақсет етилген. Сырт елли экспертлер тек ғана жасалма интеллект бағдарының өзинде Өзбекстанның потенциалын 10 миллиард долларға баҳаламақта.
– Бүгин ирге тасы қойылып атырған бул ири комплекс алдымызға қойған үлкен шеклерди қолға киргизиўде, сондай-ақ, инвесторлар менен Өзбекстан арасындағы пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиўде әҳмийетли орын ийелейтуғынына исенемен, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Жойбарға бола, “IT-Park” аймағы 1,5 есеге кеңейтиледи. Бул жерде Саудия Арабстанының “Data Volt” компаниясы менен биргеликте қуўатлылығы 12 мегаватт болған, 150 миллион долларлық дата-орай қурылады. Кейинги басқышларда және 3 миллиард доллар инвестиция киргизилип, қуўатлылық 500 мегаваттқа жеткериледи.
Буннан тысқары, бул аймақта жәми 6 имарат – Жасалма интеллект орайы, Космос ҳәм келешек технологиялары орайлары, еки 20 қабатлы офис имараты, сондай-ақ, сервис ҳәм саўда орайлары қурылады.
Бир сөз бенен айтқанда, бул комплекс ең заманагөй технологиялар, инновациялар ҳәм билимлерге тийкарланған “Жасалма интеллект хабы”на айланады.
Президент Шавкат Мирзиёев капсула қойып, “IT-Park” жойбарының екинши басқышыныӊ қурылысына рәсмий старт берди.