Elimizde eń alıs aymaqlardaǵı elatlı punktlerdi de ishimlik suwı menen támiyinlew boyınsha kóplegen iri joybarlar ámelge asırılmaqta
Elimizde eń alıs aymaqlardaǵı elatlı punktlerdi de ishimlik suwı menen támiyinlew boyınsha kóplegen iri joybarlar ámelge asırılmaqta
2697
Сонғы жыллары елимизде бақланып атырған суў тамтарыслығы дәўиринде халықтың қыйтақ жерлери ҳәм егислик майданларына суў жеткерип бериў бағдарында бир қанша унамлы жумыслар алып барылмақта.
Усы тийкарда «Халықтың ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлери менен тәмийинленгенлик дәрежесин арттырыў бойынша ис-иләжлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилген еди. Усы қарар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың усынысы менен Қарақалпақстан Республикасының алыс аймақларын суў менен тәмийинлеў мақсетинде 9 дана бурғылаўшы техникалар яғный 4 дана УРБ 25 маркалы ҳәм 6 дана УРБ 600 маркалы жоқары технологиялы үскенелер Қарақалпақстанға алып келинди. Бул бурғылаўшы техникалар 700 метрден 1000 метрге шекемги тереңликтен жер асты суўларын қазып шығарыў қуўатлығына ийе.
Айтып өтиў орынлы, қудықларды қазыў бойынша гидрогеологиялық карталар дүзилген болып, усы карта бойынша қудықларды қайсы аймақта қандай тереңликте бурғылаў кереклиги белгиленген ҳәм бул бойынша жумыслар баслап жиберилген.
Бул техникалардан пайдаланыў арқалы тек ғана ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланып қалмай, ал шарўа ҳәм дийқан хожалықларын суў менен тәмийинлеў имканияты жаратылады.
Бүгин усы техникалардың абзаллықлары ҳәм оның ислеў механизмин кеңирек түсиндириў бойынша семинар болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары, депутатлар фермер ҳәм дыйқан хожалықлары, шарўалар қатнасты.
Семинарда бурғылаў үскенесиниң аўыл хожалығы майданларындағы әҳмийети, халықтың суўға болған талабын қанаатландырыў бағдарындағы атқаратуғын хызмети, соның менен бирге мәҳаллелердеги қыйтақ жерлерди суў менен тәмийинлеўдеги орны ҳаққында сөз етилди.
Өзбекстан фермер, дыйқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси жанындағы фонд тәрепинен халықтың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыўды жетилистириў мақсетинде артезиан қудықларын қазыўға субсидия ажыратыў жумыслары алып барылып атыр. Бунда қазылған қудықтың 5 м тереңликтен кейинги ҳәр метри ушын субсидия пуллары ажыратылыўы белгиленген.
Субсидиялар 2 тәртипте ажыратылыўы нәзерде тутылған болып, бунда биринши пуқаралар үйлери ушын киши көлемдеги артезиан қудықлар ушын, екиншиси 30 метрден терең болған 30 шаңараққа шекем суў менен тәмийинлеў имканиятына ийе үлкен көлемдеги қудықлар ушын ажыратылады.
Республикамызға алып келинген жоқары технологиялы үскенелер ушын бүгинги күнниң өзинде 84 буйыртпа берилип, 4 дана УРБ 25 маркалы бурғылаўшы техникалар Тахтакөпир районы Белтаў АПЖ аймағында жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, 3 дана УРБ 600 маркалы бурғылаўшы техникалар Әмиўдәрья районына, 2 данасы Қараөзек ҳәм Төрткүл районларына бириктирилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети