Ishki isler uyımları xızmetkerleri kúnine arnalǵan bayram saltanatı bolıp ótti
Ishki isler uyımları xızmetkerleri kúnine arnalǵan bayram saltanatı bolıp ótti
2840
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, тараў пидайыларын бүгинги байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, тараў хызметкерлериниң жәмийетлик тәртипти ҳәм тынышлықты сақлаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында өз тынышлығынан, керек болса жанынан кешип әмелге асырып атырған пидайы хызметлери барқулла қәдирленеди ҳәм айрықша ҳүрметленеди.
Ел тынышлығын сақлаўдай даңқлы, соның менен бирге оғада машақатлы жумысты атқарыўда тараў хызметкерлери бар күш-жигерин жумсап, аянбай мийнет етип атырғанлығы ҳәммемизге белгили.
Олар өз ўазыйпасын минсиз атқарыў жолында, халқымыздың тыныш-татыў турмысын тәмийинлеў, жынаятшылыққа ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин сақлаў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў сыяқлы көплеген бағдарлар бойынша ийгиликли жумыслар алып барып атыр.
Болып өткен байрам салтанатында ишки ислер уйымлары хызметкерлери тәрепинен усындай жуўапкершиликли ўазыйпаларды атқарып киятырған бир қатар тараў ўәкиллери сыйлықланды.
Байрам салтанаты йошлы қосықлар менен даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети